-
|1 Crónicas 18:1| Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды. Гат қаласын ҳәм оның дөгерегиндеги аўылларды филистлердиң қолынан тартып алды.
-
-
-
|1 Crónicas 18:2| Соңынан Моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Олар Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды.
-
-
-
|1 Crónicas 18:3| Және де, Соба патшасы Ҳададезер Евфрат дәрьясы бойлап өз патшалығын бекитиўге барғанда, Даўыт оған Хаматқа дейин шабыўыл жасап, жеңип шықты.
-
-
-
|1 Crónicas 18:4| Даўыт оның мың саўаш арбасын, жети мың атлы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға түсирди. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
-
-
-
|1 Crónicas 18:5| Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
-
-
-
|1 Crónicas 18:6| Соңынан ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын жайластырды. Олар да Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды. Даўыт қай жерге барса да, Жаратқан Ийе оны жеңиске еристирди.
-
-
-
|1 Crónicas 18:7| Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди.
-
-
-
|1 Crónicas 18:8| Және де, Ҳададезердиң қол астындағы Тибхат ҳәм Кун қалаларынан көп муғдарда қола алды. Кейин ала, Сулайман буны Ибадатхана ушын ҳаўыз, сүтинлер ҳәм ҳәр қыйлы буйымлар ислетиў ушын қолланды.
-
-
-
|1 Crónicas 18:9| Хамат патшасы Тоў Даўыттың Соба патшасы Ҳададезердиң пүткил ордасын жеңип шыққанынан хабар тапты.
-
-
-
|1 Crónicas 18:10| Сонда Тоў өз улы Ҳадорамды 15 сәлем бериў ҳәм Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын Даўыт патшаға жиберди. Себеби Тоў Ҳададезер менен узақ ўақыт даўамында урысып киятырған еди. Ҳадорам Даўытқа алтын, гүмис ҳәм қоладан исленген ҳәр түрли саўғалар алып келди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
