• |1 Crónicas 22:1| Сонда Даўыт: «Қудай Ийениң Ибадатханасы да, Израил ушын жандырылатуғын қурбанлық орын да усы жерде болады», — деди.

  • |1 Crónicas 22:2| Даўыт Израилда жасайтуғын келгиндилердиң ҳәммесин жыйнаўды буйырды. Қудайдың Ибадатханасын қурыў ушын, олардың арасынан тасларды кесетуғын ҳәм жонатуғын адамларды тайынлады.

  • |1 Crónicas 22:3| Даўыт дәрўаза есиклериниң шегелери ҳәм қазық шегелер ушын көп муғдарда темир таярлап қойды. Таярланған қоланың да көплиги соншелли, оның салмағын анықлаў мүмкин емес еди.

  • |1 Crónicas 22:4| Және де, ол сансыз кедр ағашын да жыйнап қойды. Өйткени сидонлылар менен тирлилер Даўытқа көп муғдарда кедр ағашын әкелген еди.

  • |1 Crónicas 22:5| Даўыт: «Улым Сулайман жас ҳәм тәжирийбесиз. Ал Жаратқан Ийеге арнап қурылатуғын Ибадатхана жүдә саўлатлы болып, даңқы барлық халықларға жайылыўы керек. Сонлықтан оның қурылысы ушын таярлық көрип қоя берейин», — деди. Солай етип, Даўыт өлмесинен алдын Ибадатхана қурыў ушын үлкен таярлықлар көрди.

  • |1 Crónicas 22:6| Даўыт улы Сулайманды қасына шақырып алды ҳәм оған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе ушын Ибадатхана қурыўды тапсырып,

  • |1 Crónicas 22:7| былай деди: «Улым, мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап, Ибадатхана қурыўды қәлеген едим.

  • |1 Crónicas 22:8| Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди: „Сен үлкен саўашларда қатнасып, көп қан төктиң. Мениң алдымда жерге көп қан төккениң ушын, Мениң атыма арнап Ибадатхананы сен қурмайсаң.

  • |1 Crónicas 22:9| Бирақ сеннен тынышлықты сүйетуғын бир ул туўылады. Мен оны дөгерегиндеги барлық душпанларынан қутқарып, рәҳәтке еристиремен. Оның аты Сулайман болады. Оның дәўиринде Израилға тынышлық ҳәм аман-есенлик инам етемен.

  • |1 Crónicas 22:10| Мениң атыма арнап Ибадатхананы ол қурады. Ол Маған ул болады, Мен де оған Әке боламан. Оның Израил үстинен қуратуғын патшалық тахтын мәңгиге беккемлеймен“.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.