• |1 Crónicas 25:1| Даўыт пенен орда әскербасылары хызмет ушын Асафтың, Ҳеманның ҳәм Едутунның улларынан айырымларын лира ҳәм арфа шертиў ҳәм кимбалды даңғырлатып, руўхланып қосық айтыў 20 ушын айырып қойды. Бул хызмет ушын тайынланғанлардың дизими мынаў:

  • |1 Crónicas 25:2| Асафтың улларынан: Заккур, Юсуп, Нетания ҳәм Асарела. Булар Асафтың басшылығы астында болып, патшаның буйрығы бойынша, руўхланып қосық айтатуғын еди 21.

  • |1 Crónicas 25:3| Едутунның улларынан: Гедалия, Серий, Ийшая, Шимей, Хашабия ҳәм Маттития — жәми алты адам. Олар лира намасы астында Жаратқан Ийени тәрийиплейтуғын ҳәм руўхланып, алғыс-мақтаўлар менен қосық айтатуғын әкеси Едутунның басшылығы астында еди.

  • |1 Crónicas 25:4| Ҳеманның улларынан: Буккия, Маттания, Уззиел, Шебуел, Еримот, сондай-ақ Ханания, Хананий, Элиата, Гиддалтий, Ромамтий-Эзер, және де Иошбеқаша, Маллотий, Ҳотир ҳәм Махазиот.

  • |1 Crónicas 25:5| Булардың ҳәммеси патшаның ўәлийи Ҳеманның уллары еди. Себеби Қудай Өзиниң Ҳеманды абырайлы қыламан деген ўәдеси бойынша, Ҳеманға он төрт ул ҳәм үш қыз сыйлаған еди.

  • |1 Crónicas 25:6| Олардың барлығы өз әкесиниң басшылығы астында Қудайдың Үйиндеги хызмет ўақтында кимбалды даңғырлатып, арфа ҳәм лира шертип, Жаратқан Ийениң Үйинде сазенделик қылатуғын еди. Асаф, Едутун ҳәм Ҳеман патшаның басшылығы астында болды.

  • |1 Crónicas 25:7| Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыў ушын үйретилген шебер сазенделер ағайинлери менен бирге еки жүз сексен сегиз адам еди.

  • |1 Crónicas 25:8| Олар үлкен-киши, устаз-шәкирт деп айырып отырмастан, ҳәр бири өз хызмет ўазыйпасын билип алыў ушын шек таслады.

  • |1 Crónicas 25:9| Биринши шек Асаф урыўынан Юсупке, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди. Екинши шек Гедалияға, оның өзине, улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.

  • |1 Crónicas 25:10| Үшинши шек Заккурға, оның улларына ҳәм ағайинлерине түсти. Олар он еки адам еди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.