-
|1 Crónicas 19:1| Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, аммонлардың патшасы Нахаш өлип, оның орнына улы патша болды.
-
-
-
|1 Crónicas 19:2| Сонда Даўыт: «Әкеси маған жақсылық еткени ушын, мен де Нахаш улы Ханунға жақсылық етейин», — деп ойлап, әкесиниң өлимине кеўил билдириў ушын Ханунға елшилерин жиберди. Даўыттың хызметшилери Ханунға кеўил билдириў ушын аммонлардың жерине барғанда,
-
-
-
|1 Crónicas 19:3| аммон басшылары Ханунға: «Даўыт мына елшилерди әкеңиздиң ҳүрмети ушын, сизге кеўил айтыўға жиберген деп ойлайсыз ба? Яқ, олар елди көзден өткерип, билип алыў ҳәм қыйратыў ушын келген», — деди.
-
-
-
|1 Crónicas 19:4| Сонда Ханун Даўыттың хызметшилерин тутқынға алып, сақалларын қырқтырды, шапанларын жамбасына дейин қыйдырып таслап, оларды изине қайтарып жиберди.
-
-
-
|1 Crónicas 19:5| Солай етип, олар қайтып кетти. Даўыт елшилери туўралы еситкенде, оларды күтип алыў ушын адам жиберди. Өйткени елшилер қатты хорланған еди. Патша оларға: «Сақалыңыз өскенше, Ерихода қалыңлар, соңынан қайтып келесизлер», — деди.
-
-
-
|1 Crónicas 19:6| Аммонлар Даўытты өзлерине қарсы өшегистирип алғанын түсинди. Сонлықтан Ханун менен аммонлар Арам-Наҳарайым, Арам-Мааха ҳәм Собадан саўаш арбалары менен атлыларды жаллап алыў ушын мың талант гүмис жиберди.
-
-
-
|1 Crónicas 19:7| Ханун отыз еки мың саўаш арбасын ҳәм Мааха патшасы менен оның әскерлерин жаллады. Мааха патшасы әскерлери менен келип, Медеба қаласының алдына орда қурды. Аммонлар да қалаларынан шығып, урысқа атланды.
-
-
-
|1 Crónicas 19:8| Даўыт буны еситип, Иоаб басшылығында мәрт жаўынгерлерден ибарат болған пүткил ордасын оларға қарсы атландырды.
-
-
-
|1 Crónicas 19:9| Аммонлар шығып, өз қаласының дәрўазасы алдында сап тартып турды. Жәрдемге келген патшалар далада бөлек сап тартып турды.
-
-
-
|1 Crónicas 19:10| Иоаб алдыдан да, арттан да урысыўға туўры келип турғанын көргенде, Израилдың ағла әскерлеринен базыларын таңлап, арамларға қарсы сапқа турғызды.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
