-
|1 Crónicas 11:1| Пүткил израиллылар Хебронға, Даўыттың жанына жыйналып былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз.
-
-
-
|1 Crónicas 11:2| Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, — деп ўәде берген еди».
-
-
-
|1 Crónicas 11:3| Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Жаратқан Ийениң Самуел арқалы берген ўәдеси бойынша, Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
-
-
-
|1 Crónicas 11:4| Патша Даўыт пенен израиллылар Ерусалимге жүрис қылды. Сол ўақытлары бул қала Ебус деп аталып, ол жерде ебуслылар жасайтуғын еди.
-
-
-
|1 Crónicas 11:5| Ебус халқы Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң», — деген еди. Деген менен, Даўыт Сион қорғанын, кейин ала «Даўыттың қаласы» деп аталатуғын қорғанды қолға киргизди.
-
-
-
|1 Crónicas 11:6| Даўыт: «Ебуслыларға биринши болып ҳүжим жасап, жеңген адам сәркәрда ҳәм басшы болады», — деп ўәде берген еди. Серуя улы Иоаб биринши болып ҳүжим жасап, жеңип шықты ҳәм сәркәрда болды.
-
-
-
|1 Crónicas 11:7| Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды. Сол себепли ол жерге «Даўыттың қаласы» деген ат берилди.
-
-
-
|1 Crónicas 11:8| Даўыт Миллодан баслап қаланың айнала дийўалларын қайта тикледи. Ал Иоаб қаланың қалған бөлеклерин қайта қурды.
-
-
-
|1 Crónicas 11:9| Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Жаратқан Ийеси оның менен бирге еди.
-
-
-
|1 Crónicas 11:10| Жаратқан Ийениң Израилға ўәде еткениндей, Даўыттың батыр әскерлериниң әскербасылары пүткил Израил халқы менен бирге Даўытты патша қылды ҳәм оның патшалығының күшли болыўын қоллап-қуўатлады.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
