-
|1 Crónicas 12:31| Даўытты патша етип қойыў ушын, Менашше урыўының ярымынан арнаўлы түрде шақырылғанлар он сегиз мың адам.
-
-
-
|1 Crónicas 12:32| Иссахар урыўынан: дәўир талабын түсинетуғын, Израилдың не ислеў кереклигин билетуғын еки жүз ләшкербасы ҳәм олардың қол астындағы адамлар.
-
-
-
|1 Crónicas 12:33| Зебулон урыўынан: елиў мың адам. Олар урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған болып, Даўытқа шын жүректен жәрдем бериў ушын келди.
-
-
-
|1 Crónicas 12:34| Нафталий урыўынан: мың әскербасы ҳәм олар менен бирге қалқан ҳәм найза менен қуралланған отыз жети мың адам.
-
-
-
|1 Crónicas 12:35| Дан урыўынан: урысқа таяр жигирма сегиз мың алты жүз адам.
-
-
-
|1 Crónicas 12:36| Ашер урыўынан: урысқа таяр, тәжирийбели қырық мың әскер.
-
-
-
|1 Crónicas 12:37| Иордан дәрьясының шығысында жасайтуғын Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымынан: урыс қуралларының ҳәмме түри менен қуралланған бир жүз жигирма мың адам.
-
-
-
|1 Crónicas 12:38| Булардың ҳәммеси сап тартып, урысқа шығыўға таяр әскерлер еди. Олар қатты қәлеў менен, Даўытты пүткил Израил үстинен патша етип қойыў ушын Хебронға келди. Қалған израиллылар да Даўытты патша етиў нийетинде еди.
-
-
-
|1 Crónicas 12:39| Хебронға келгенлер Даўыттың жанында үш күн қалды ҳәм туўысқанлары таярлап берген азық-аўқатларды ишип-жеди.
-
-
-
|1 Crónicas 12:40| Сондай-ақ, Иссахар, Зебулон ҳәм Нафталий урыўларының алыс аймақларынан да адамлар ешек, түйе, ғашыр ҳәм өгизлерге азық-аўқат тийеп келди. Олар мол етип ун, кептирип нығызланған әнжир менен кишмиш, шарап, зәйтүн майын, ири ҳәм майда малларды көп етип алып келди. Себеби Израилда шадлық ҳүким сүрген еди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
