-
|1 Crónicas 12:21| Олар мәрт жаўынгерлер болып, Даўыттың ордасында ләшкербасылық хызметин атқарды ҳәм қарақшылар топарына қарсы гүресиўде Даўытқа жәрдем берди.
-
-
-
|1 Crónicas 12:22| Даўытқа жәрдем бериў ушын ҳәр күни адамлар келип қосылатуғын еди. Нәтийжеде, Даўыт Қудайдың ләшкерлери сыяқлы үлкен ҳәм күшли ордаға ийе болды.
-
-
-
|1 Crónicas 12:23| Жаратқан Ийениң берген ўәдеси бойынша, Шаулдың патшалығын Даўытқа бериў ушын Хебронға, Даўыттың жанына келген ләшкерлер саны мынадай еди:
-
-
-
|1 Crónicas 12:24| Яҳуда урыўынан: урысқа таяр, қалқан ҳәм найза менен қуралланған алты мың сегиз жүз адам.
-
-
-
|1 Crónicas 12:25| Шимон урыўынан: урысқа таяр, жети мың бир жүз мәрт жаўынгер.
-
-
-
|1 Crónicas 12:26| Лебий урыўынан: төрт мың алты жүз адам.
-
-
-
|1 Crónicas 12:27| Харон нәсилиниң басшысы Еҳояда ҳәм оның менен бирге болғанлар үш мың жети жүз адам.
-
-
-
|1 Crónicas 12:28| Жас ҳәм мәрт жаўынгер Садоқ ҳәм оның тийресинен жигирма еки әскербасы.
-
-
-
|1 Crónicas 12:29| Шаулдың урыўласлары болған Бенямин урыўынан: үш мың адам. Беняминлилердиң көпшилиги сол ўақытқа дейин Шаулдың шаңарағына садық болып қалды.
-
-
-
|1 Crónicas 12:30| Эфрайым урыўынан: өз әўлады арасында атағы шыққан жигирма мың сегиз жүз мәрт жаўынгер.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
