Lucas


  • |Lucas 5:1| Бир күни Ийса Генесарет көлиниң жағасында турғанда, халық Қудайдың сөзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды.

  • |Lucas 5:2| Сонда Ийса көлдиң жағасында турған еки қайықты көрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди.

  • |Lucas 5:3| Қайықлардың бири Симонға тийисли еди. Ийса оған минип, Симоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын өтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады.

  • |Lucas 5:4| Сөзин тамамлағаннан соң, Симонға: — Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, — деди.

  • |Lucas 5:5| Симон Оған жуўап берип: — Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сөзиң бойынша аў саламан, — деди.

  • |Lucas 5:6| Олар усылай ислегенде, көп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады.

  • |Lucas 5:7| Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды.

  • |Lucas 5:8| Буны көрген Симон Петр Ийсаның аяғына жығылып: — Ийем! Мениң қасымнан кет, өйткени мен гүнакар адамман, — деди.

  • |Lucas 5:9| Себеби өзлериниң буншама көп балық аўлағанына өзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди.

  • |Lucas 5:10| Симонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Симонға: — Қорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын 21 боласаң, — деди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.