-
|Lucas 7:1| Ийса Өзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сөзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти.
-
-
-
|Lucas 7:2| Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, өлим төсегинде жатырған еди.
-
-
-
|Lucas 7:3| Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, өтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди.
-
-
-
|Lucas 7:4| Олар Ийсаның қасына келди де, қатты өтиниш етип: — Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип.
-
-
-
|Lucas 7:5| Себеби ол халқымызды жақсы көреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, — деди.
-
-
-
|Lucas 7:6| Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды: — Әўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен.
-
-
-
|Lucas 7:7| Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди.
-
-
-
|Lucas 7:8| Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма: «мынаны исле» десем, ислейди.
-
-
-
|Lucas 7:9| Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: — Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, — деди.
-
-
-
|Lucas 7:10| Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин көрди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
