-
|Lucas 8:1| Соңынан Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, Қудай Патшалығының Хош Хабарын жәриялап жүрди. Ийса менен бирге он еки шәкирти,
-
-
-
|Lucas 8:2| және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям,
-
-
-
|Lucas 8:3| Ҳиродтың сарай басқарыўшысы Хузаның ҳаялы Юханна, Сузанна ҳәм басқа да көплеген ҳаяллар Ийсаға ҳәм Оның шәкиртлерине өз мал-мүлки менен хызмет ететуғын еди.
-
-
-
|Lucas 8:4| Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, көп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сөз баслады:
-
-
-
|Lucas 8:5| — Бир туқым себиўши өз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты.
-
-
-
|Lucas 8:6| Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, көгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты.
-
-
-
|Lucas 8:7| Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге өсип, туншықтырып таслапты.
-
-
-
|Lucas 8:8| Ал басқалары өнимли жерге түсип, өсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: — Қулағы бар жақсылап еситип алсын! — деди.
-
-
-
|Lucas 8:9| Шәкиртлери Ийсадан: — Бул тымсал нени аңлатады? — деп сорады.
-
-
-
|Lucas 8:10| Ийса оларға былай деди: — Қудай Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да:«Олар қараса да, көрмейди, Еситсе де, түсинбейди» 27.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
