-
|Lucas 14:1| Бир дем алыс күни Ийса парисейлердиң бир басшысының үйине аўқатқа келгенде, ҳәмме Оны бақлап отырды.
-
-
-
|Lucas 14:2| Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди.
-
-
-
|Lucas 14:3| Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден: — Дем алыс күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? — деп сорады.
-
-
-
|Lucas 14:4| Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди.
-
-
-
|Lucas 14:5| Соңынан оларға былай деди: — Араңыздағы бириңиздиң баласы ямаса өгизи қудыққа түсип кетсе, дем алыс күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмай ма?
-
-
-
|Lucas 14:6| Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады.
-
-
-
|Lucas 14:7| Қонақлардың өзлерине төрдеги орынларды таңлап атырғанын көрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты:
-
-
-
|Lucas 14:8| — Сени биреў неке тойына шақырғанда, төрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин.
-
-
-
|Lucas 14:9| Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң.
-
-
-
|Lucas 14:10| Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, төрге шығып отыр», — дейди. Солай етсең, өзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
