Lucas


  • |Lucas 3:1| Рим патшасы Тибериус салтанатының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды.

  • |Lucas 3:2| Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зекерияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти.

  • |Lucas 3:3| Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.

  • |Lucas 3:4| Бул Ийшая пайғамбардың китабында 10 жазылғанға туўры келеди: «Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!

  • |Lucas 3:5| Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-төбелер пәске шөксин, Қыйсық жоллар дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин.

  • |Lucas 3:6| Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди» 11.

  • |Lucas 3:7| Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди: — Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти?

  • |Lucas 3:8| Егер сизлер тәўбе еткен 12 болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», — деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады.

  • |Lucas 3:9| Ағашлардың тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.

  • |Lucas 3:10| Сонда халық оннан: — Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? — деп сорады.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.