Lucas


  • |Lucas 6:1| Бир дем алыс күни 24 Ийса бийдай атызының арасы менен өтип баратырғанда, Оның шәкиртлери бийдай масақларын үзип алып, алақанлары менен уўқалап жей баслады.

  • |Lucas 6:2| Гейпара парисейлер оларға: — Сизлер неге дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атырсызлар? — деди.

  • |Lucas 6:3| Ийса оларға жуўап берип: — Өзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?

  • |Lucas 6:4| Ол Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын Қудайға арналған нанларды өзи де жеп, қасындағыларға да берген емес пе? — деди.

  • |Lucas 6:5| Және оларға: — Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, — деди.

  • |Lucas 6:6| Ийса басқа бир дем алыс күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди.

  • |Lucas 6:7| Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, дем алыс күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды.

  • |Lucas 6:8| Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға: — Орныңнан турып, ортаға шық, — деди. Ол орнынан турып, ортаға шықты.

  • |Lucas 6:9| Сонда Ийса оларға: — Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? — деди.

  • |Lucas 6:10| Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға: — Қолыңды соз, — деди. Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.