Lucas


  • |Lucas 6:21| Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби тоқ боласызлар. Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби күлесизлер.

  • |Lucas 6:22| Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек көрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар!

  • |Lucas 6:23| Сол күни қуўанып, шадлыққа бөлениңлер! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйлығыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген.

  • |Lucas 6:24| Бирақ, ҳәй байлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер өз ҳәзлигиңизди әлле қашан алып болдыңлар.

  • |Lucas 6:25| Ҳәзир тоқ болғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер аш қаласызлар. Ҳәзир күлип атырғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер өкирип жылайсызлар.

  • |Lucas 6:26| Ҳәмме сизлерди мақтаса, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби олардың ата-бабалары жалған пайғамбарларға усылай ислеген.

  • |Lucas 6:27| — Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, өзлериңизди жек көретуғынларға жақсылық ислеңлер.

  • |Lucas 6:28| Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер.

  • |Lucas 6:29| Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға көйлегиңди де алыўға рухсат ет!

  • |Lucas 6:30| Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма!


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.