-
|Lucas 22:1| Қутқарылыў байрамы деп аталатуғын Ашытқысыз нан байрамы жақынлап қалған еди.
-
-
-
|Lucas 22:2| Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер халықтан қорққанлықтан, Ийсаны жасырын түрде өлтириўдиң жолын изледи.
-
-
-
|Lucas 22:3| Сонда он еки елшиниң бири — Исқариот деп аталған Яҳуданың ишине шайтан кирип алды.
-
-
-
|Lucas 22:4| Яҳуда барып, бас руўханийлер ҳәм Ибадатхананың бас қараўыллары менен Ийсаны оларға қалай услап бериўди ойласты.
-
-
-
|Lucas 22:5| Олар қуўанысып, оған ақша бериўге келисим берди.
-
-
-
|Lucas 22:6| Яҳуда ўәде берип, Ийсаны оларға халық жоқ жерде услап бериў ушын қолайлы пайыт изледи.
-
-
-
|Lucas 22:7| Қутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди.
-
-
-
|Lucas 22:8| Ийса Петр менен Юханды жиберип: — Барыңлар, бизлер ушын Қутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, — деди.
-
-
-
|Lucas 22:9| Олар: — Қай жерде таярлаўымызды қәлейсең? — деп сорады.
-
-
-
|Lucas 22:10| Ийса оларға былай деди: — Қалаға киргениңизде, гүзе менен суў көтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
