-
|Lucas 2:1| Сол күнлери Рим патшасы Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен өтиўи тийис, деген пәрман шығарды.
-
-
-
|Lucas 2:2| Бул биринши дизимнен өтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды.
-
-
-
|Lucas 2:3| Ҳәр бир адам дизимнен өтиў ушын өз қаласына барды.
-
-
-
|Lucas 2:4| Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Өйткени ол Даўыттың урпағынан еди.
-
-
-
|Lucas 2:5| Дизимнен өтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмледар Мәриям да барды.
-
-
-
|Lucas 2:6| Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып,
-
-
-
|Lucas 2:7| туңғыш Улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.
-
-
-
|Lucas 2:8| Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде өз падасын далада қараўыллайтуғын еди.
-
-
-
|Lucas 2:9| Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти.
-
-
-
|Lucas 2:10| Периште оларға: — Қорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
