-
|Lucas 8:11| — Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым — бул Қудайдың сөзи.
-
-
-
|Lucas 8:12| Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сөзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды.
-
-
-
|Lucas 8:13| Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады.
-
-
-
|Lucas 8:14| Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ өмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады.
-
-
-
|Lucas 8:15| Ал өнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди.
-
-
-
|Lucas 8:16| Ҳеш ким шыраны жағып, оны ыдыс пенен жаўып ямаса кәттиң астына қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтылық көрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
-
-
-
|Lucas 8:17| Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, мәлим ҳәм әшкара болмайтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
-
-
-
|Lucas 8:18| Сонлықтан қалай тыңлап атырғаныңызға дыққат аўдарыңлар! Себеби кимде бар болса, оған қосымша бериледи, ал кимде жоқ болса, оның өзимде бар деп ойлап жүрген нәрсеси де тартып алынады.
-
-
-
|Lucas 8:19| Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық көп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады.
-
-
-
|Lucas 8:20| Адамлар Ийсаға: — Анаң менен туўысқанларың Сени көрмекши болып, сыртта тур, — деп хабарлады.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
