Lucas


  • |Lucas 5:21| Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Қудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» — деп ишлеринен ойлай баслады.

  • |Lucas 5:22| Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: — Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?

  • |Lucas 5:23| Қайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», — деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», — деў ме?

  • |Lucas 5:24| Бирақ, Адам Улының 23 жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, — деп жуўап берди де, ләң адамға: — Саған айтаман: орныңнан турып, төсегиңди ал да, үйиңе бар! — деди.

  • |Lucas 5:25| Сонда ләң адам ҳәммениң көз алдында дәрҳал орнынан турып, өзи жатқан төсегин алды да, Қудайды алғыслап үйине қайтты.

  • |Lucas 5:26| Ҳәмме қатты таң қалысып, Қудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып: — Бизлер бүгин таң қаларлық ислер көрдик, — дести.

  • |Lucas 5:27| Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий атлы салықшыны көрди де, оған: — Изиме ер! — деди.

  • |Lucas 5:28| Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.

  • |Lucas 5:29| Лебий өз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат иследи. Олар менен бирге көплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды.

  • |Lucas 5:30| Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип: — Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? — деди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.