-
|Lucas 5:11| Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
-
-
-
|Lucas 5:12| Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да: — Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, — деп жалынды.
-
-
-
|Lucas 5:13| Ийса қолын созып, оған тийгизди де: — Қәлеймен, тазалан! — деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды.
-
-
-
|Lucas 5:14| Ийса оған: — Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, — деп буйырды.
-
-
-
|Lucas 5:15| Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да көбирек жайылды. Көп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди.
-
-
-
|Lucas 5:16| Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди.
-
-
-
|Lucas 5:17| Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер 22 менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийемиздиң қүдирети бар еди.
-
-
-
|Lucas 5:18| Сонда биреўлер ләң болған адамды төсеги менен көтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты.
-
-
-
|Lucas 5:19| Адамлардың көплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Оны ашты да, ләң адамды төсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди.
-
-
-
|Lucas 5:20| Ийса олардың исенимин көрип: — Достым, сениң гүналарың кеширилди, — деди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
