-
|Marcos 6:1| Ийса сол жерден шығып, Өзи өскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди.
-
-
-
|Marcos 6:2| Дем алыс күни 18 болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған көп адамлар таң қалысып: — Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Усындай кәраматлар Оның қолы менен қалай исленбекте?
-
-
-
|Marcos 6:3| Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Симонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? — десип, Оны тән алмады.
-
-
-
|Marcos 6:4| Ийса оларға: — Қәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек өз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, — деди.
-
-
-
|Marcos 6:5| Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады
-
-
-
|Marcos 6:6| ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды. Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди.
-
-
-
|Marcos 6:7| Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди.
-
-
-
|Marcos 6:8| Оларға: — Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар,
-
-
-
|Marcos 6:9| аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, — деп буйырды.
-
-
-
|Marcos 6:10| Ол және: — Бир жерлерде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
