-
|Marcos 9:1| Ийса оларға және: — Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудай Патшалығының Өз қүдирети менен келгенин көрмегенше, өлмейди, — деди.
-
-
-
|Marcos 9:2| Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди.
-
-
-
|Marcos 9:3| Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди.
-
-
-
|Marcos 9:4| Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар көринип, Ийса менен сөйлесип турды.
-
-
-
|Marcos 9:5| Петр Ийсаға: — Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, — деди.
-
-
-
|Marcos 9:6| Петр бул сөзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, өйткени шәкиртлер қатты қорқысып қалған еди.
-
-
-
|Marcos 9:7| Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан: — Бул — Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! — деген саза еситилди.
-
-
-
|Marcos 9:8| Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, өзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
-
-
-
|Marcos 9:9| Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: — Адам Улы өлимнен қайта тирилгенше, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, — деп буйырды.
-
-
-
|Marcos 9:10| Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «өлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
