Marcos


  • |Marcos 9:11| Шәкиртлери Ийсадан: — Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? — деп сорады.

  • |Marcos 9:12| Ийса оларға жуўап берип: — Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы көп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған?

  • |Marcos 9:13| Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, — деди.

  • |Marcos 9:14| Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған көп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди көрди.

  • |Marcos 9:15| Пүткил халық Ийсаны көриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди.

  • |Marcos 9:16| Ийса олардан: — Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? — деп сорады.

  • |Marcos 9:17| Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип: — Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим.

  • |Marcos 9:18| Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында көбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен руўхты қуўып шығарыўын өтинген едим, бирақ олардың қолларынан келмеди, — деди.

  • |Marcos 9:19| Сонда Ийса оларға: — Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, — деди.

  • |Marcos 9:20| Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны көриўден, руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан көбик шығып, аўнап жатты.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.