Marcos


  • |Marcos 16:1| Дем алыс күни 52 өткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды.

  • |Marcos 16:2| Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди.

  • |Marcos 16:3| Өз ара: — Қәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? — деп сөйлести.

  • |Marcos 16:4| Бирақ басларын көтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын көрди. Тас жүдә үлкен еди.

  • |Marcos 16:5| Қәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти көрип, қорқып кетти.

  • |Marcos 16:6| Жигит оларға: — Қорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери.

  • |Marcos 16:7| Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Өзиниң айтқанындай, Оны сол жерде көресизлер», — деп айтыңлар, — деди.

  • |Marcos 16:8| Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Қорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады.

  • |Marcos 16:9| Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға көринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди.

  • |Marcos 16:10| Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.