Marcos


  • |Marcos 2:1| Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти.

  • |Marcos 2:2| Көп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Қудайдың сөзин айтты.

  • |Marcos 2:3| Сонда Оған төрт адам бир ләң адамды көтерип алып келди.

  • |Marcos 2:4| Бирақ адам көп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң төбесин ашып, ләң адамды төсеги менен төменге түсирди.

  • |Marcos 2:5| Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: — Балам, гүналарың кеширилди! — деди.

  • |Marcos 2:6| Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен:

  • |Marcos 2:7| «Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» — деп ойлады.

  • |Marcos 2:8| Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: — Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?

  • |Marcos 2:9| Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», — деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», — деў ме?

  • |Marcos 2:10| Бирақ, Адам Улының 10 жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, — деди де, ләң адамға:


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.