Marcos


  • |Marcos 14:1| Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен услап алып, өлтириўдиң жолын излестирди.

  • |Marcos 14:2| Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», — дести.

  • |Marcos 14:3| Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста сап нардтан исленген қымбат баҳалы әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды.

  • |Marcos 14:4| Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине: — Бул май неге бийкарға ысырап етилди?

  • |Marcos 14:5| Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болар еди-ғо, — десип, ҳаялды айыплай баслады.

  • |Marcos 14:6| Бирақ Ийса: — Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо.

  • |Marcos 14:7| Өйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман.

  • |Marcos 14:8| Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады.

  • |Marcos 14:9| Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, — деди.

  • |Marcos 14:10| Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.