-
|Marcos 6:31| Ийса оларға: — Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, — деди. Өйткени келип-кетиўшилер көп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди.
-
-
-
|Marcos 6:32| Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз өзлери елсиз жерге кетти.
-
-
-
|Marcos 6:33| Бирақ көп адамлар олардың кетип баратырғанын көрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди.
-
-
-
|Marcos 6:34| Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға көп нәрселерди үйрете баслады.
-
-
-
|Marcos 6:35| Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: — Бул — бир елсиз жер, күн де кеш болды.
-
-
-
|Marcos 6:36| Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, өзлерине азық сатып алсын, — деди.
-
-
-
|Marcos 6:37| Ийса оларға жуўап берип: — Оларға сизлер аўқат бериңлер! — дегенде, олар: — Расында да, еки жүз динарға 19 нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? — деди.
-
-
-
|Marcos 6:38| Ийса оларға: — Қанша наныңыз бар? Барып көриңлер, — деди. Олар билип келип: — Бес нан, еки балық бар екен, — дести.
-
-
-
|Marcos 6:39| Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бөлип, жасыл шөптиң үстине отырғызыўды буйырды.
-
-
-
|Marcos 6:40| Халық жүзден, елиўден топарға бөлинип отырды.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
