Marcos


  • |Marcos 6:51| Сонда Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты.

  • |Marcos 6:52| Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди.

  • |Marcos 6:53| Ийса ҳәм Оның шәкиртлери теңиздиң арғы жағасына өтип, Генесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды.

  • |Marcos 6:54| Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып,

  • |Marcos 6:55| пүткил дөгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды төсеклери менен әкеле баслады.

  • |Marcos 6:56| Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.