2 Reyes


  • |2 Reyes 23:1| Патша Иошия адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын өз жанына топлады.

  • |2 Reyes 23:2| Соңынан ол пүткил Яҳуда менен пүткил Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, пайғамбарларды, үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин оларға даўыслап оқып берди.

  • |2 Reyes 23:3| Кейин патша сүтинниң жанындағы арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын, қағыйдаларын шын жүректен, жан-тәни менен орынлаўға, бул китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти. Пүткил халық та келисимге қосылды.

  • |2 Reyes 23:4| Соннан соң, патша бас руўханий Хилкияға, екинши дәрежели руўханийлерге ҳәм босағадағы қадағалаўшы руўханийлерге Баалға, Ашераға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап исленген ҳәмме нәрселерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шығыўды буйырды. Оларды Ерусалимниң сыртындағы Кидрон ойпатлығында өртетип, күлин Бейт-Элге апарғызды.

  • |2 Reyes 23:5| Патша Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим әтирапындағы сыйыныў орынларында түтетки түтетиў ушын Яҳуда патшалары тәрепинен тайынланған бутқа хызмет етиўши руўханийлерди, Баалға, қуяшқа, айға, жулдызларға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап түтетки түтеткенлерди жоқ қылды.

  • |2 Reyes 23:6| Кийели ағашын Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Ерусалимниң сыртына, Кидрон сайына шығарды. Оны сол жерде жағып, күл-талқан етти ҳәм күлин улыўма халықлық қәбирлердиң үстине шашты.

  • |2 Reyes 23:7| Бузықшылық ислеўши еркеклердиң Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы үйлерин бузып таслады. Ол жерде ҳаяллар Ашера бутына арнап, кийимлер тоқыйтуғын еди.

  • |2 Reyes 23:8| Иошия Яҳуда қалаларындағы Жаратқан Ийениң ҳәмме руўханийлерин жыйнап, Ерусалимге алып келди. Кейин Гебадан Беер-Шебаға шекемги руўханийлер түтетки түтетип, сыйынатуғын орынларды ҳарамлады. Қала ҳәкими болған Ешуаның дәрўазасына кирер аўыздағы сыйыныў орынларын да жоқ қылды. Бул дәрўаза қала дәрўазасының шеп тәрепинде еди.

  • |2 Reyes 23:9| Сыйыныў орынларының руўханийлери Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында қурбанлық бере алмаса да, олар өз кәсиплеслери болған руўханийлер менен ашытқысыз нан жейтуғын еди.

  • |2 Reyes 23:10| Иошия ҳеш кимниң қудай Молохқа арнап өз улын яки қызын отта жандырмаўы ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетти 11 де ҳарамлап, жарамсыз аўҳалға келтирди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.