-
|2 Reyes 22:1| Иошия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Едида болып, ол босқатлы Адаяның қызы еди.
-
-
-
|2 Reyes 22:2| Иошия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Ол оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.
-
-
-
|2 Reyes 22:3| Патша Иошия өз патшалығының он сегизинши жылында, Мешулламның ақлығы Асалияның улы хаткер Шафанды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жиберип, оған былай деди:
-
-
-
|2 Reyes 22:4| «Бас руўханий Хилкияға бар. Ол босағадағы қадағалаўшы руўханийлер халықтан жыйнап, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келген гүмислерди есаплап шықсын.
-
-
-
|2 Reyes 22:5| Кейин оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ишиндеги ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берсин. Олар буны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бузылған жерлерин дүзетиўшилерге,
-
-
-
|2 Reyes 22:6| усталарға, қурылысшыларға, тас қалаўшыларға төлесин ҳәм Ибадатхананы дүзетиўге керекли болған ағашларды ҳәм жонылған тасларды сатып алыўға жумсасын.
-
-
-
|2 Reyes 22:7| Деген менен, оларға берилген гүмистиң есабы талап етилмесин, өйткени олар ҳадал ислейди».
-
-
-
|2 Reyes 22:8| Бас руўханий Хилкия хаткер Шафанға: «Мен Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Нызам китабын таптым», — деп, китапты Шафанға берди. Шафан китапты оқыды.
-
-
-
|2 Reyes 22:9| Соңынан хаткер Шафан патшаға: «Қулларыңыз Ибадатханадан табылған гүмислерди алып, оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди алып барыўшыларға тапсырды», — деген хабар алып келди.
-
-
-
|2 Reyes 22:10| Соңынан ол: «Руўханий Хилкия маған бир китап берди», — деди ҳәм китапты патшаға оқып берди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
