-
|2 Reyes 2:1| Жаратқан Ийе Илиясты қуйын ишинде аспанға көтерип алып кетпестен алдын, Илияс пенен Элиша Гилгалдан жолға шыққан еди.
-
-
-
|2 Reyes 2:2| Сонда Илияс Элишаға: — Өтинемен, усы жерде қал, Жаратқан Ийе мени Бейт-Элге жиберип атыр, — деди. Элиша оған: — Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, — деп жуўап берди. Сөйтип олар бирге Бейт-Элге кетти.
-
-
-
|2 Reyes 2:3| Бейт-Элдеги пайғамбарлар топары Элишаның алдынан шығып, оннан: — Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? — деп сорады. Элиша оларға: — Аўа, билемен, үндемеңлер, — деди.
-
-
-
|2 Reyes 2:4| Илияс Элишаға: — Элиша, өтинемен, усы жерде қал, Жаратқан Ийе мени Ерихоға жиберип атыр, — деди. Элиша оған: — Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, — деди. Сөйтип олар Ерихоға келди.
-
-
-
|2 Reyes 2:5| Сонда Ериходағы пайғамбарлар топары Элишаға келип: — Жаратқан Ийе бүгин мырзаңды қасыңнан алып кетеди, буны билесең бе? — деп сорады. Элиша оларға: — Аўа, билемен, үндемеңлер, — деди.
-
-
-
|2 Reyes 2:6| Кейин Илияс Элишаға: — Өтинемен, сен усы жерде қал, себеби Жаратқан Ийе мени Иордан дәрьясына жиберип атыр, — деди. Элиша оған: — Тири Жаратқан Ийе ҳақы ҳәм сизиң тирилигиңиз ҳақы ант ишемен: сизден айырылмайман, — деди. Солай етип, екеўи жолын даўам етти.
-
-
-
|2 Reyes 2:7| Пайғамбарлар топарынан елиўи келип, узағырақтан оларға қарап турды. Ал олар екеўи Иордан дәрьясының жағасында турды.
-
-
-
|2 Reyes 2:8| Илияс шапанын алып, айландырып, суўға урып жибергенде, суў екиге айырылды. Олар екеўи қурғақ жер арқалы арғы жағаға өтти.
-
-
-
|2 Reyes 2:9| Дәрьядан өтип болғаннан соң, Илияс Элишадан: — Мени жаныңнан алып кетпестен бурын айт, меннен қандай тилегиң бар? — деп сорады. Сонда Элиша: — Менде сиздеги руўхтың еки есеси болсын, — деди.
-
-
-
|2 Reyes 2:10| Илияс оған: — Қыйын нәрсени сорадың. Егер жаныңнан мениң қалай алып кетилгенимди көрсең, онда солай болады. Егер көрмесең, олай болмайды, — деди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
