2 Reyes


  • |2 Reyes 12:1| Израил патшасы Еҳудың патшалығының жетинши жылында, Иоаш Яҳудаға патша болды ҳәм Ерусалимде қырық жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди.

  • |2 Reyes 12:2| Иоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Өйткени руўханий Еҳояда оған жол көрсететуғын еди.

  • |2 Reyes 12:3| Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.

  • |2 Reyes 12:4| Сонда Иоаш руўханийлерге былай деди: «Жаратқан Ийениң Ибадатханасына арнап алып келинген барлық гүмисти: дизим бойынша жыйналған жан салығын ҳәм Жаратқан Ийениң Ибадатханасына ўәде бойынша берилген ямаса еркли түрде берилген гүмислерди топлаң.

  • |2 Reyes 12:5| Бул гүмислерди руўханийлер қазнашылардан қабыл етип алсын ҳәм оларды Ибадатхананың бузылған жерлери болса, сол жерлерди оңлаўға сарпласын».

  • |2 Reyes 12:6| Бирақ Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында да руўханийлер Ибадатхананың бузылған жерлерин еле оңламаған еди.

  • |2 Reyes 12:7| Сонлықтан патша Иоаш руўханий Еҳояданы ҳәм басқа руўханийлерди шақырып, оларға былай деди: «Не ушын Ибадатхананың бузылған жерлерин оңламай атырсызлар? Ендигиден былай қазнашылардан гүмис алмай, оларды Ибадатхананың бузылған жерлерин оңлаў ушын бериңлер».

  • |2 Reyes 12:8| Руўханийлер халықтан гүмис алмаўға ҳәм Ибадатхананың бузылған жерлерин оңлаўға қатнаспаўға ыразы болды.

  • |2 Reyes 12:9| Руўханий Еҳояда бир қуты алып, оның қақпағының үстин тести де, қутыны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер аўзындағы қурбанлық орынның оң жағына қойды. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келинген ҳәмме гүмислерди қутыға салып турды.

  • |2 Reyes 12:10| Қутыға көп гүмис жыйылғанын көргенде, патшаның хаткери менен бас руўханий келип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына түскен гүмислерди қалталап, тәрезиге тартып өлшеди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.