2 Reyes


  • |2 Reyes 16:1| Израил патшасы Ремалия улы Пеқахтың патшалығының он жетинши жылында, Иотам улы Ахаз Яҳудаға патша болды.

  • |2 Reyes 16:2| Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислеген бабасы Даўытқа уқсамады.

  • |2 Reyes 16:3| Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып, қурбан етти.

  • |2 Reyes 16:4| Ол сыйыныў орынларында, ҳәр бир бийикликте ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти.

  • |2 Reyes 16:5| Сонда Арам патшасы Ресин ҳәм Израил патшасы Ремалия улы Пеқах Ерусалимди басып алыў ушын ҳүжим етти. Олар қаланы қамал қылып турса да, Ахазды жеңе алмады.

  • |2 Reyes 16:6| Сол арада Арам патшасы Ресин Элат қаласын қайтарып алып, ол жердеги Яҳуда халқын қуўып жиберди. Соңынан эдомлылар Элатқа қоныс басты, олар ҳәзир де сол жерде жасайды.

  • |2 Reyes 16:7| Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерге елшилерин жиберип: «Мен сизиң қулыңыз ҳәм хызметшиңизбен. Келип, маған ҳүжим етип атырған Арам ҳәм Израил патшаларының қолынан мени қутқарың», — деди.

  • |2 Reyes 16:8| Ахаз Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмис ҳәм алтынларды алып, Ассирия патшасына саўғаға берип жиберди.

  • |2 Reyes 16:9| Ассирия патшасы Ахаздың тилегин орынлап, Дамаскке ҳүжим етип, оны қолға киргизди. Қала халқын Кирге сүргин қылып, Ресинди өлтирди.

  • |2 Reyes 16:10| Патша Ахаз Ассирия патшасы Тиглат-Пилесерди қарсы алыў ушын Дамаскке барғанда, сол жердеги қурбанлық орынды көрди. Ол қурбанлық орынның сүўретин ҳәм қурылысының сызылмасын руўханий Урияға жиберди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.