-
|2 Reyes 23:31| Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди.
-
-
-
|2 Reyes 23:32| Еҳоахаз ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
-
-
-
|2 Reyes 23:33| Еҳоахаздың Ерусалимде патшалық етпеўи ушын, фараон Нехо оны Хамат үлкесинде, Риблада тутқынға алды ҳәм үлке халқына жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды.
-
-
-
|2 Reyes 23:34| Фараон Нехо Иошияның улы Элякимди әкесиниң орнына патша етип қойды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды Мысырға алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды.
-
-
-
|2 Reyes 23:35| Еҳояким фараон талап еткен гүмис ҳәм алтынды берди. Буның ушын ол үлке халқына ҳәр бириниң мал-мүлкине сай салық салып, халықтан гүмис ҳәм алтын өндирип алды.
-
-
-
|2 Reyes 23:36| Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Зебуда болып, ол румалы Педаяның қызы еди.
-
-
-
|2 Reyes 23:37| Еҳояким ата-бабалары сыяқлы, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
