-
|Malaquías 3:1| — Мине, Мен Өз хабаршымды жиберип атырман. Ол Мениң алдымда жол таярлайды. Сизлер көриўди аңсап жүрген келисимниң хабаршысы киятыр. Сизлер излеп атырған Ийе тосаттан Өз Ибадатханасына келеди, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
-
-
-
|Malaquías 3:2| — Бирақ Ол келгенде, ким шыдай алады? Ол пайда болғанда, ким тура алады? Себеби Ол таплап тазалайтуғын от сыяқлы, кир жуўыўшының сабыны сыяқлы болады.
-
-
-
|Malaquías 3:3| Ол гүмисти еритип тазалап алатуғын адам сыяқлы ҳүким тахтына отырып, лебийлилерди пәклейди. Аўа, алтын ҳәм гүмисти тазалағандай етип, тазалайды. Сонда олар Жаратқан Ийеге туўры жол менен қурбанлықлар усынатуғын болады.
-
-
-
|Malaquías 3:4| Кейин өткен күнлердегидей, бурынғы жыллардағы сыяқлы, Яҳуда ҳәм Ерусалимде усынылған садақалар Жаратқан Ийеге мақул болады.
-
-
-
|Malaquías 3:5| — Сонда сизлерди ҳүким қылыў ушын бараман. Меннен қорқпағанларға: жулдыз изертлеўшилерге, бузықлық қылғанларға, жалған ант ишкенлерге, жумысшының ис ҳақысын бермегенлерге, жетим-жесирлерди езиўшилерге ҳәм келгиндилердиң ҳуқықын шеклегенлерге қарсы шығып, оларды тезлик пенен әшкаралайман, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
-
-
-
|Malaquías 3:6| — Мен Жаратқан Ийемен, Мен ҳеш ўақытта өзгермеймен. Соның ушын, сизлер жоқ болып кетпедиңлер, ҳәй, Яқып урпақлары!
-
-
-
|Malaquías 3:7| Сизлер ата-бабаларыңыздың дәўиринен баслап, Мениң қағыйдаларымнан жүз бурып, оған әмел қылмай киятырсыз. Енди тәўбе қылып, Мениң алдыма келиңлер. Сонда Мен де сизлерге қайтып бараман, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. — Бирақ сизлер: «Не себептен тәўбе қылыўымыз керек?» — деп сорайсызлар.
-
-
-
|Malaquías 3:8| Адамзат Қудайдан бир нәрсе урлаўы мүмкин бе? Ал сизлер болса, Меннен урлап атырсызлар. «Сеннен не урлаппыз?» — деп сорайсыз. Сизлер үсирлер ҳәм садақаларды урлап атырсызлар!
-
-
-
|Malaquías 3:9| Сизлер ғарғысқа ушырадыңлар. Себеби сизлер — пүткил халық Меннен урлап атырсыз.
-
-
-
|Malaquías 3:10| Ибадатханамда азық-аўқат болыўы ушын, барлық оннан бирлериңизди затлар сақланатуғын бөлмеге алып келиңлер. Мени усылайынша сынап көриңлер, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. — Сонда аспан қақпақларын ашаман, сизлердиң үстиңизге берекет жаўдырып, толып-тастыраман.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
