Malaquías

  • Leer por capítulos:
    1 2 3 4

  • |Malaquías 3:11| Егинлериңизди шегирткелердиң жеп кетиўине жол қоймайман ҳәм жүзим бағларыңыз жемиссиз қалмайды, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.

  • |Malaquías 3:12| — Сонда барлық халықлар сизлерди: «Қандай бахытлы халық» — деп атайды. Себеби сизлердиң елиңиз әжайып бир жер болады, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.

  • |Malaquías 3:13| Сизлер Маған қарсы жаман сөзлер сөйледиңиз, — дейди Жаратқан Ийе. — Сонда да сизлер: «Бизлер Саған қарсы не айтып едик?» — деп сорайсыз.

  • |Malaquías 3:14| Сизлер былай деп айтқан едиңиз: «Қудайға хызмет етиўдиң пайдасы жоқ. Әлемниң Жаратқан Ийесиниң талапларын орынлаўдың, Оның алдында аза тутқан адамдай болып жүриўдиң бизлерге не кереги бар?

  • |Malaquías 3:15| Ал енди бизлер менменлерди бахытлы деп есаплаймыз. Жаўызлық қылыўшылар табысқа ерисип атыр. Мине, Қудайды сынағанлар жазадан аман қалып атыр».

  • |Malaquías 3:16| Бирақ Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар өз ара сәўбетлести. Жаратқан Ийе олардың сәўбетине қулақ салып, тыңлады. Жаратқан Ийеден қорқып, Оның атын сыйлағанлар ушын, Оның алдында бир естелик китабы жазылды.

  • |Malaquías 3:17| — Мен белгилеген сол күнде, олар Мениң ғәзийнем болады, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, — Әке өзине бойсынған улына қандай мийрим көрсетсе, Мен де оларға сондай мийрим көрсетемен.

  • |Malaquías 3:18| Сол ўақытта сизлер әдил адам менен жаўыз адамның, Қудайға хызмет еткен адам менен хызмет етпеген адамның арасындағы айырмашылықты және көресиз.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.