Malaquías

  • Leer por capítulos:
    1 2 3 4

  • |Malaquías 4:1| — Мине, сол күн жақынлап қалды. Ол лаўлап жанып турған тандырға мегзейди. Сонда менменлер менен жаўызлық қылыўшылар сабан сыяқлы болып қалады. Сол күни олардың ҳәммеси жағып жибериледи, — дейди Жаратқан Ийе. — Олардың тамыры да, шақасы да қалмайды.

  • |Malaquías 4:2| Ал сизлер, Мениң атыма ҳүрмет көрсететуғынлар ушын, нурлары менен шыпа беретуғын әдиллик қуяшы шығады. Сонда сизлер қорадан шыққан бузаўдай секирип ойнап, шадланасызлар.

  • |Malaquías 4:3| Жаўызларды басқылап таслайсызлар. Аўа, Мен усыларды әмелге асырған күни, олар аяғыңыздың астындағы топырақ сыяқлы болып қалады, — дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.

  • |Malaquías 4:4| — Қулым Муўсаның Нызамын, пүткил Израил халқы ушын Хореб таўында Муўсаға берген қағыйдаларды ҳәм көрсетпелерди есиңизге алың.

  • |Malaquías 4:5| Жаратқан Ийениң уллы ҳәм қорқынышлы күни келмесинен алдын, Мен сизлерге пайғамбар Илиясты жиберемен.

  • |Malaquías 4:6| Мен келип, пүткил елди ғарғап, жоқ қылмаўым ушын, ол әкелердиң жүреклерин балаларына, балалардың жүреклерин әкелерине қаратып, жарастырады.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.