Abdias


  • |Abdias 1:1| Бул Обадияның көрген аяны. Қудай Ийе Эдом ҳаққында бул сөзлерди айтты. Жаратқан Ийеден хабар еситтик. Халықларға жиберилген хабаршы: «Келиңлер, Эдомға урыс ашайық!» — деди.

  • |Abdias 1:2| «Ҳәй, Эдом, сени халықлар арасында ҳәлсиз қыламан, Сен оғада жеркенишли боласаң.

  • |Abdias 1:3| Жартастың қуўысларында жасап, Үйлериңди бийиклерге қурдың, Жүрегиңдеги менменлик сени алдады. Өзиңше: „Ким мени жерге түсире алады?“ — дедиң.

  • |Abdias 1:4| Бүркиттей жоқарыласаң да, Уяң жулдызлар арасында болса да, Ол жерден төменге түсиремен сени», — деди Жаратқан Ийе.

  • |Abdias 1:5| Жаратқан Ийе былай дейди: «Уры ҳәм қарақшылар түнде келсе, Тек ғана өзлерине керегин алмай ма? Жүзим теретуғынлар бағыңа кирсе, Азғантай болса да, жүзим қалдырмай ма? Бирақ сен толық набыт боласаң.

  • |Abdias 1:6| Эсаўдың әўлады — Эдом, Сениң ҳәмме нәрсең талан-тараж қылынатуғыны соншелли, Ҳәттеки, жасырын ғәзийнелериң де табылып, тартып алынады.

  • |Abdias 1:7| Барлық аўқамласларың саған қарсы шығып, Сени өз жериңнен қуўып шығарады. Келисим дүзгенлериң сени алдап, жеңилиске ушыратады, Наныңды жегенлер саған дузақ қурады, Ал сен буны билмей қаласаң».

  • |Abdias 1:8| Жаратқан Ийе былай дейди: «Сол күни Эдомның дана адамларын, Эсаў таўлы үлкелериндеги ақыллы адамларды жоқ қыламан.

  • |Abdias 1:9| Ҳәй, Теман, сениң жаўынгерлериң қорқынышқа түседи, Эсаў таўлы үлкелериндеги ҳәр бир адам жоқ қылынады.

  • |Abdias 1:10| Туўысқаныңа, яғный Яқыпқа, Ислеген жаўызлықларың ушын шерменде болып, Мәңгиге жоқ боласаң.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.