• |Eclesiastés 5:1| Тилиң сөйлеўге асықпасын. Қудайдың алдында сөз сөйлеўге жүрегиң асықпасын. Қудай аспанда, сен болсаң, жердесең. Сонлықтан гәпиң қысқа болсын.

  • |Eclesiastés 5:2| Машқала көп болғанда, адам көп түс көретуғыны сыяқлы, Көп сөйлегенде, ақылсызлық жүзеге келеди.

  • |Eclesiastés 5:3| Қудайға ўәде берсең, оны орынлаўды кешиктирме. Ол ақылсызларды унатпайды. Ал сен ўәдеңди орынла.

  • |Eclesiastés 5:4| Ўәде берип, орынламағаннан гөре, ўәде бермегениң жақсырақ.

  • |Eclesiastés 5:5| Тилиңниң сени гүнаға баслаўына жол қойма ҳәм Қудайдың руўханийине: «Ўәде берип, қәте қылдым», — деме. Сөзлериң менен Қудайдың ғәзебин келтирме. Болмаса, Ол қолларың менен ислеген ислериңди жоқ қылады.

  • |Eclesiastés 5:6| Көп сөйлеў де, көп түс көриў де пайдасыз. Жақсысы, Қудайдан қорқ!

  • |Eclesiastés 5:7| Егер сен бир жерде жарлыға зулымлық қылынып, әдиллик ҳәм ҳақлықтың аяқ асты етилип атырғанын көрсең, буған ҳайран болма. Себеби ҳәмелдардың үстинен қадағалаўшы үлкени бар, ал олардың үстинен қадағалаўшы олардан да үлкениреги бар.

  • |Eclesiastés 5:8| Ҳәр бир адам жердиң өнимине өш, ҳәтте, патша да атыздан алынған өнимнен өзиниң пайын алады.

  • |Eclesiastés 5:9| Пулды сүйген, пулға тоймас, Байлықты сүйген байлыққа тоймас. Бул да бийҳудалық.

  • |Eclesiastés 5:10| Мал-дәўлет көбейсе, оларды ислетиўшилер де көбейеди. Сонда байлықтың ийеси өз байлығына телмирип, қызықсынып қараўдан басқа не пайда табады?


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.