-
|Amós 5:1|Израил халқы, сизлер ҳаққында айтатуғын, Жоқлаў жырыма қулақ салың:
-
-
-
|Amós 5:2|«Қыз Израил жығылды, Енди қайтып тура алмайды, Ол жалғыз аўнап жатыр өз жеринде, Оны турғызатуғын ҳеш ким жоқ».
-
-
-
|Amós 5:3|Соның ушын, Қудай Ийе былай дейди: «Қаладан Израил халқының мың жаўынгери шықса, Жүз жаўынгери ғана аман қалады, Қаладан жүз жаўынгери шықса, Он жаўынгери ғана аман қалады».
-
-
-
|Amós 5:4|Соның ушын, Жаратқан Ийе Израил халқына былай дейди: «Маған қайтың, сонда жасайсыз,
-
-
-
|Amós 5:5|Бейт-Элге бармаңлар, Гилгалға аяқ баспаңлар, Беер-Шебаға өтип кетпеңлер, Себеби Гилгал халқы сөзсиз сүргин етиледи, Бейт-Эл ҳеш нәрсе болмай қалады».
-
-
-
|Amós 5:6|Жаратқан Ийеге қайтың, сонда жасайсыз, Болмаса, Ол Юсуптиң халқына қарсы оттай лаўлайды, Бейт-Элди жағып жоқ қылады. Жалынды өширетуғын ҳеш ким болмайды.
-
-
-
|Amós 5:7|Ҳәй, әдалатты ашшы жуўсанға айландырғанлар, Ҳақлықты жерге урғанлар!
-
-
-
|Amós 5:8|Үркер ҳәм Орион жулдыз топарларын жаратқанның, Түпсиз қараңғылықты таң нурына айландырып, Күндизди түндей қараңғы қылғанның, Теңиз суўларын шақырып, Жер жүзине қуйғанның аты Жаратқан Ийедур.
-
-
-
|Amós 5:9|Ол күшлилерди жылдырымдай жығады, Қорған қаланы жер менен жексен қылады.
-
-
-
|Amós 5:10|Сизлер қала дәрўазасындағы жыйында әдалатлы қазылардан жеркенесиз, Ҳақыйқатты сөйлегенлерди жаман көресиз.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
