3 Juan


  • |3 Juan 1:1| Мен, Юхан ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сәлем!

  • |3 Juan 1:2| Сүйикли туўысқаным! Руўхый өмириң саў болғандай, ҳәмме нәрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман.

  • |3 Juan 1:3| Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳәм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым.

  • |3 Juan 1:4| Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ.

  • |3 Juan 1:5| Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жәрдем берип атырсаң.

  • |3 Juan 1:6| Олар исениўшилер жәмәәти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Қудайға минәсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң.

  • |3 Juan 1:7| Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жәрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди.

  • |3 Juan 1:8| Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап-қуўатлаўымыз керек.

  • |3 Juan 1:9| Мен исениўшилер жәмәәтине базы нәрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы көретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр.

  • |3 Juan 1:10| Сонлықтан егер барсам, оның ислерин әшкара етемен. Ол бизлерди жаман сөзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳәтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жәмәәттен қуўып атыр.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.