-
|2 Juan 1:1| Мен, Юхан ақсақалдан, Қудай тәрепинен таңланған ханымға ҳәм оның балаларына 1 сәлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳәммеси де сизлерди сүйеди.
-
-
-
|2 Juan 1:2| Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳәм ол бизлер менен мәңги бирге болады.
-
-
-
|2 Juan 1:3| Әкемиз Қудайдан ҳәм Әкениң Улы Ийса Масихтан 2 келген мийрим, реҳим ҳәм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳәм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын.
-
-
-
|2 Juan 1:4| Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Әкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым.
-
-
-
|2 Juan 1:5| Енди сеннен өтинемен, қымбатлы ханым, ҳәммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер әўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман.
-
-
-
|2 Juan 1:6| Сүйиспеншилик — бул Қудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Әўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы — сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат.
-
-
-
|2 Juan 1:7| Дүнья жүзинде Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тән алмайтуғын көплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам — алдаўшы ҳәм Масихқа қарсы турыўшы.
-
-
-
|2 Juan 1:8| Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар.
-
-
-
|2 Juan 1:9| Масихтың тәлийматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Қудай жоқ. Оның тәлийматы менен жасайтуғын адамда ҳәм Әке, ҳәм Ул бар.
-
-
-
|2 Juan 1:10| Егер ким де ким сизлерге келип, бул тәлийматты әкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сәлем де бермеңлер.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
