-
|Filemón 1:11| Ол бир ўақытлары саған пайдасыз болған еди, бирақ енди болса саған да, маған да жүдә пайдалы болып қалды.
-
-
-
|Filemón 1:12| Оны, яғный өз жүрек-баўырымды саған қайтарып жиберип атырман.
-
-
-
|Filemón 1:13| Хош Хабар ушын қамақта болғанымда, сениң орныңда маған хызмет етиўи ушын оны жанымда алып қалыўды қәлер едим.
-
-
-
|Filemón 1:14| Бирақ, сениң ислейтуғын жақсылығың мәжбүрий түрде емес, ал өз ықтыярың менен болыўы ушын, сениң қайылшылығыңсыз ҳеш нәрсе ислегим келмеди.
-
-
-
|Filemón 1:15| Мүмкин, оның сеннен ўақытша айра түскениниң себеби оны мәңгиге қайтарып алыўың ушын болған шығар.
-
-
-
|Filemón 1:16| Оны енди қул деп емес, ал қулдан зыят сүйикли туўысқаның сыпатында қабыл ет. Әсиресе мен ушын ол жүдә қәдирли. Ал сен ушын болса, ол ҳәм қул сыпатында, ҳәм Ийемиздеги бир туўысқан сыпатында және де қәдирлирек болады.
-
-
-
|Filemón 1:17| Сонлықтан егер мени жолдасым деп санайтуғын болсаң, оны мени қабыл еткендей, қабыл ет.
-
-
-
|Filemón 1:18| Ол саған қандай да бир жаманлық ислеген болса ямаса қарыздар болса, мениң есабыма жазып қой.
-
-
-
|Filemón 1:19| Мен, Павел, буны өз қолым менен жазып атырман: мен төлеймен. Ал сениң маған өз өмириң менен қарыздар екениңди айтпай-ақ қояйын.
-
-
-
|Filemón 1:20| Аўа, туўысқаным, мен сеннен Ийемиз алдында бир жәрдем алайын. Масих алдында кеўлимди көтер.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
